Өзбекстан Қаҳарманы жазыўшы, шайыр Озод Шарафиддиновтың шаңарақ ҳаққында әжайып пикири бар. Онда “Шаңарақ инсанның барлық сыр әндийшелерин өзинде жәмлеген алтын сандық, оны бахыт фабрикасы деп атасақта болады. Тийкарынан инсанның қуўаныш-шадлығы, ғам-дәртлери, ҳәсирет көз жасларыда шаңарақтан басланады. Сонын ушында шаңарақты келин-күйеўди инсан етип тарбиялайтуғын теңсиз мектеп есаплайман. Онын китапларын тынымсыз оқыў, сабақларынан үлги алыў қандай жағымлы” делинген. Адамлар көбинше бир-бириниң қәдирине жете бермейди. Сәл нарсеге налыйды ҳәм бир-бириниң кеўлине тийеди. Бундай жағдайлар көбинесе шаңарақларда тез-тез ушырасып турады. Бир-бирин кешире алмаслық себепли ерли-зайыплылар арасында ажырасыўлар келип шығыды. Бул, шаңарақ ушында жәмийет ушында өзинин зыянлы тәсирин көрсетеди.
Арада перзентлердин тири жетим болып өсиўине алып келеди. Тири жетимлер кем-кеўил болып өседи. Жүреги азарлы, жаны жәбирли ер жетеди. Әрманлы жасайды.
Жәмийетимизде шаңарақ беккемлигин сақлаў, перзентлердиң бахыт турмыста жасаўына ерисиў ушын қандай әмелий жумыслар ислеўимиз тийис? Қандай ислесек ажырымлардың алдын алыў мумкин, деген саўаллар пайда болады.
Шаңарақтың бахытлы турмысына ерисиў ушын биринши нәўбетте ерте турмыс қурыўдын алдын алыў әҳмийетли орын тутады. Екинши мәселе, перзентлеримизди өзине мүнәсип турмыс жолдас таңлаўда алжасыққа жол қоймаўды шаңарақта терең синдириў үлкен әҳмийетке ийе.
Жәмийетте шаңарақтан шаңарақ пайда болып барыўы жазылмаған инсаныйлық нызым. Сонын ушында жас шаңарақ пайда болганнан кейин оны қоллап-қуўатлап, аяққа турып кетиўине жәрдем көрсетиў арқалы жәмийеттен өз орнына ийе болыўына ерисиледи.
Шаңараққа ең қәўипли нәрсе бул-ажырым. Демек, ажырымлардың алдын алыў ушын гүрес-сол шаңарақ тиреги болган ерли-зайыплының ата-аналары, туўған-туўысқанлары, сонынан қонсы-қоба менен мәҳәлле белсендилери, ел- торе ағалары тәрепинен теңдей алып барылса өз нәтийжесин береди.
Биз жәмийеттиң тийкарғы ағзасы болғанымыз ушын тиккелей жуўапкермиз. Тәрбия жүда кең түсиник. Сонын ишинде перзентти кеширимли, кең пейил болыўға тәрбиялаў үлкен әҳмийетке ийе. Бундай тәрбияланған перзент тек ғана шаңарақта емес, халық арасында абырай-атаққа ийе болатуғын инсан болып жетилиседи.
Ажырымлардың алдын алыўда жәмийетлик белсендилер үгит-нәсият жумысларын тынымсыз әмелге асырып барыўы жақсы натийжесин береди деп ойлайман. Бунда өнген-өскен, ел арасында үлкен абырайға ерискен адамлардың шаңарақларын мысал етип келтирип, жаслар арасында түсиник берилсе, телерадио, интернет-сайтлары, газета журналлар әҳмийетли темаларда жариялылық жумыслар алып барылса рухый-мәнәўий азық сыпытында жаслар тарбиясында, шаңарақларда ажырымлардығң алдын алыўға пайдалы тәсирин тийгизер еди.
Дүняның көпшилик еллеринде ҳәзир психологлардың хызметинен пайдаланыў кең ҳәўиж алған. Түсиниспеўшилик болған шаңараққа психологтың жәрдеми көрсетилсе булда өз нәтийжесин берип, ажырым жағдайында турған шаңарақты сақлап қалыўга пайдалы тәсирин тийгизеди.
Шаңарақлардың пүтинлиги, бахты бул-ел бахты. Сонын ушында ажырымлардың алдын алыў ушын бар имканият ҳәм мүмкиншиликлеримизди жумсаўымыз тийис. Шаңарақлардың аўызбиршилиги ҳәм бахытлы турмысын тәмийинлеў арқалы биз елимиздиң бахытлы келешегин тәмийинлеймиз.
Шоманай районы ПҲАЖ
бөлими 1-дәрежели инспекторы; П.Ибраимова
