logo

«Қарақалпақ әдебияты дүрданалары»ның 16 томлығы баспадан шығарылады

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййидтиң басшылығында жазыўшы-шайырлар келип, студент-жаслар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўды университеттиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректоры С.Алаўатдинов алып барды.

Ушырасыўда шайырлар Сирожиддин Саййид, Шоди Отамурод ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Жазыўшылар аўқамындағы бүгинги күндеги әҳмийетли жаңалықларды атап өтти.

Атап өтилгениндей, «Қарақалпақ әдебияты дүрданалары» сериясында 16 томлық шығармаларын басып шығарыў режелестирилген болып, усы китаплардың 5 томы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен баспаға таярланып, Жаңа Өзбекстан баспасына тапсырылды.

Соннан, 1-том «Қырыққыз» эпосы өзбек тилине Рустам Мусурман, 2-том «Шәрьяр» ҳәм «Мәспатша» дәстанлары Муҳаммад Али, 3-том «Алпамыс» Гүлистан Матяқубова, «Едиге» ҳәм «Гүлистан» дәстанлары Ахмед Ақназаров, 4-том «Карақалпақ халық қосықлары» китабы Очил Тоҳир, 5-том «Қарақалпақ халық ертеклери» китабы Назира Матяқубова тәрепинен аўдарылып, басып шығарылмақта.

Жәми 16 томнан ибарат болған «Қарақалпақ әдебияты дүрданалары»ның қалған томлары да Өзбекстан Жазыўшылар аўкамында баспаға таярланбақта. Усы үлкен тарийхый-әдебий жойбарды әмелге асырыўда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жақыннан жәрдем бермекте.

Буннан басқа 100 томлық «Түркий әдебият ғәзийнеси» шығармалар топламында да қарақалпақ әдебиятына кең орын берилген.

Бердақ, Күнхожа, Әжинияз, Аббаз Дабылов, Тилеўберген Жумамуратов, Байнияз Қайыпназаров, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың шығармаларын, сондай-ақ, «Заманагөй қарақалпақ поэзиясы», «Заманагөй қарақалпақ гүрриңлери» китапларын басып шығарыў нәзерде тутылған.

Быйыл Қарақалпақстан халық жазыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шарап Уснатдиновтың 80 жыллығы кең түрде белгиленеди. Жазыўшының «Ибрайым Юсупов» атамасындағы үлкен көлемли көркем-биографиялық дөретпеси Рустам Мусурман тәрепинен өзбек тилине аўдарылып, баспаға таярланбақта. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы және бир хабарды көпшиликтиң нәзерине усынып, университетке еки мың нусқа китап саўға ететуғынлығын мәлим етти.

Ушырасыўда Өзбекстан Халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов, Қарақалпақ халық шайыры, дилмаш Рустам Мусурман, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиев, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бахтияр Генжемуратовлар шығып сөйлеп, баҳалы пикирлерин билдирди.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, ушырасыўда атап өтилген бул әҳмийетли жаңалықлар студент-жасларымызды үлкен қуўанышқа бөлеп, университеттиң талантлы ҳәм зийрек студентлери ушын ҳақыйқый әдебият байрамына айланған ушырасыў болды.

Студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар