logo

Кегейлиши пуқараныӊ мүрәжаты өз шешимин тапты

Жақында Өзбекистан Республикасы кәсиплик аўқамы федерациясыныӊ «Ҳаял-қызлар мүрәжаты» бойынша 1211 исеним телефонына Кегейли районы Жүзим бағ АПЖ Қос қала көшеси турғыны Авезова Гулноза мүрәжат еткен еди. 

Келтирилген мүрәжатта 4 Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолына жаӊадан бәндирги орнатыў мәселеси сөз етилген болып, Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолыныӊ 25,5-км ҳәм 25,6-км лерине жаңадан 2 дана автобәндирги қурып берилди ҳәм пуқараныӊ мүрәжаты толық қанаатландырылды. 

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар