Өзбекстан Республикасы атынан қатнасқан Қарақалпақстанлы жерлесимиз, Москва Мәмлекетлик Қурылыс Университетиниң 3-басқыш студенти Рейпназаров Шарьяр Қазақстанның Нур-Султан қаласында өткерилген халық аралық «ҒМДА мәмлекетлери арасында ең жақсы студент-2022» таңлаўының лауреаты болды. Ол Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети ҳәм Москва Мәмлекетлик Қурылыс Университетиниң қоспа тәлим бағдарында оқыйды. Таңлаўдың I-дәрежели дипломы ҳәм көкирек нышаны Москва Мәмлекетлик Қурылыс Университети ректоры, академик Павел Акимов тәрепинен тапсырылды.«Москва Мәмлекетлик Қурылыс Университетинде оқып атырған, мендей қарақалпақ ели перзенти ушын бул жетискенлик үлкен әҳмийетке ийе. Бул жерде устазларымнан алған билимлеримди еки жылдан соң өз Ана Ўатаныма қайтып, елимның қурылыс тараўында буннанда жоқары нәтийжелерге ерисиўине сарыплайманә. Усы орында маған тәлим-тәрбия берип атырған бәрше узтазларыма өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдирип қаламан.» – дейди ол.
