Мәлим болыўынша, қыс мәўсиминиң ақырғы күнлеринде Иран аймағынан жыллы ҳаўа массаларының кирип келиўи есабына Өзбекстанда қыс мәўсимине сай болмаған ыссы ҳаўа-райы болады. Мәлим етилиўинше, ҳаўа температурасы күндиз 17-22 дәреже, қублада болса 23-25 дәреже жыллы болыўы күтилип атыр.Республикамыздың үлкен бөлегинде жаўын-шашын күтилмейди. Тек арқа аймақларға 27-февраль күни Каспий теңизи аймағынан ығал ҳаўа массаларының кирип келиўи басланады. Екшемби күни Қарақалпақстан ҳәм Хорезмниң айрым орынларында жаўын жаўыўы мүмкин.
