Қарақалпақгидромет хабар бериўинше, Республикамыз аймағында 27-февраль күни ҳаўа алағат бултласып, кешки ўақытлары айырым жерлерде жаўын жаўыўы күтиледи.Самалдың бағыты шығыстан-батысқа өзгерип тезлиги 7-12м/с, Айырым жерлерде самалдың тезлиги күшейип 15-20м/с қа жетеди.
Ҳаўаныӊ температурасы Үстүрт тегислигинде түнде -2гр суўықтан +3гр жыллы, күндиз +8+13гр жыллы.
Арқа ҳәм арқа-шығыс районларда түнде 0+5гр жыллы,күндиз +12+17гр жыллы.
Орайлық районларда түнде +1+6гр жыллы, күндиз +13+18гр жыллы.
Қубла районларда түнде +3+8гр жыллы, күндиз +14+19гр жыллы.
Пайтахтымыз Нөкис қаласында түнде +4+6гр жыллы, күндизги ўақытлары +15+17гр әтирапында жыллы болыўы күтиледи.
