logo

Қанлыкөл районында Зульфия Исраилованың туўылғанына 107 жыл толыўы мүнәсибети менен 7, 8-класс қызлары арасында таңлаў болып өтти

Қанлыкөл районы ХББне қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исраилованың туўылғанына 107 жыл толыўы мүнәсибети менен "Зульфия поэзия жулдызы" атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди. Әдебий кеше шеңберинде 7, 8-класс қызлары арасында таңлаў болып өтти. 
Илажды мектеп директоры Ф.Сайтов ашып берип оқыўшыларға Зульфия Исроилованың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятында белгили шайыра ҳәм жәмийетлик ғайраткер Зульфияның дөретиўшилиги оғада әҳмийетли орын ийелейди. Шайыраның Ана-Ўатан, дослық, муҳаббат ҳәм инсан қәдир-қымбаты менен суўғарылған поэзиялық шығармаларының өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы тәсири оғада күшли. Соңғы жылларда пүткил өмирин өзбек әдебиятына бағышлаған устаз дөретиўшиниң қунлы дөретпелерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оның тулғасын мәңгилестириў бойынша көлемли илажлар әмелге асырылды. Таңлаўда қызлардың ҳәр тәреплеме епшиллиги, шеберлиги ҳәм қәбилети көзден өткерилди. Таңлаў жуўмағында, 8- А класс ҳәм 7-А-класс оқыўшылары жеңимпаз болды.
Мектеп оқыўшылары 
Зулфия қосықларын образлы атқарыўы кешеге жоқары руўхый заўық бағышлады.

Гулжамила Әметова KarOne.uz сайты журналисти

Соңғы жаңалықлар