logo

Бүгин абитуриентларди онлайн дизимге алыў жуўмақланады

2021-жыл 22-июль жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў ушын онлайн дизимнен өтиўдиң соңғы күни болып, 22-июль күни саат 23:59 да абитуриентлерди онлайн дизимге алыў жуўмақланады.
Абитуриентлер усы мүддет даўамында бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы (my.gov.uz сайты ) ҳәм Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты арқалы жоқары оқыў орынларына кириў ушын онлайн дизимнен өтиўи, өз мағлыўматларын өзгертиўи ҳәм тест сынағы ушын төлемди әмелге асырыўлары (алдынғы жыллар питкериўшилери) мүмкин.
Барлық абитуриентлерге табыс тилеген ҳалда қабыллаўдың соңғы саатларын күтпестен ертерек дизимнен өтиўин ҳәм тәлим бағдарлары, таңлаў үстинлигин белгилеўде итибарлы болыўлы усыныс етемиз.

Соңғы жаңалықлар