logo

Тағы 671 Өзбекстанлы пуқара Полша арқалы Украинадан эвакуация етилди

2-3-март күнлери “Uzbekstan Airways” АЖның 3 самолёты менен 671 дана Өзбекстан пуқарасы Полшаның Катовице аэропорты арқалы Украинадан эвакуация етилди. Олар арасында 129 ҳаяллар, 82 балалар ҳәм 14 нәресте бар.

Улыўма есапта Украинадан Полша аймағы арқалы 8 авиарейслар менен 1 859 ўатанласымыз алып келинди.

Бүгин тағы бир неше эвакуация рейсин шөлкемлестириў жобаластырылған. Усы ўақытта Полша аймағында 1100 ден аслам Өзбекстан пуқарасы бар.

Соңғы жаңалықлар