Қарақалпақстан Республикасында жәми 12 381,5 км автомобиль жоллары бар. Соннан 4 254 км улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы балансында, 8 127,5 км ишки хожалық жоллары, қалалар ҳәм аўыллық жасаў пунктлери көшелери жергиликли ҳәкимиятлар балансында есапланады.📝 2007-жыл 2-октябрьде «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилген болып, онда Өзбекстан Республикасы, соныӊ ишинде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы автомобиль жоллары, олардыӊ эксплуатация жумысларыныӊ алып барылыў тәртиби ҳәм басқа да мәселелер сөз етилген.
✍️ Усы нызамныӊ 10-статьясында «Қалалар ҳәм басқа халық жасаў пунктлериниӊ көшелери қалалар, қала посёлкалары, аўыллар шеӊберинде болады, усы көшелердиӊ Өзбекстан Республикасыныӊ улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары дизимине белгиленген тәртипте киргизилген участкалары буған кирмейди.
Қалалар ҳәм басқа халық жасаў пунктлериниӊ көшелери мәмлекет мүлки болып, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары ықтыярында болады.»-деп көрсетилген.
🏬 Нызамнан келип шығып, ишки хожалық жоллары жергиликли ҳәкимият органлары балансында есапланады.
🏢 Буннан тысқары, ишки хожалық жолларыныӊ эксплуатация жумыслары жергиликли Абаданластырыў басқармаларына жүклетилген.
⛏🚧Ишки хожалық жолларын оӊлаў, асфальт жатқарыў, ЩПС төсеў ҳәм басқа оӊлаў түрлерин алып барыў ушын мәмлекетлик бағдарламаларға тийкар тийисли тәртипте тендерде ойналады.
🛣Кесип алып ислеўши жоллардан пайдаланыў унитар кәрханалары, жеке меншик кәрханалар тәрепинен бул жумыслар орынланыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети
