logo

UzAuto Motors баҳалары көтерилди

Автомобиллердиң жаңа баҳалары жәрияланды. Автосалонлар 3 марттан баслап жаңа (көтерилген) баҳаларда шәртнама бериўди баслаған.

UzAuto Motors көпшиликке арналған автомобиллер ушын шәртнамаларды жаңалағанын жәриялады. Баҳалар түрли автомобиллер кесиминде 10-12 процент әтирапында көтерилген.

Тийкарынан, Nexia, Spark, Damas ҳәм Cobalt автомобиллери баҳасы 10 процентке, Gentra баҳасы болса 12 процентке қымбатлады. Spark, Nexia ҳәм Cobalt'тың салыстырғанда арзанырақ механик узатыўшы комплектациясы елеге шекем сатыўда жоқ.

• Damas — 86 110 000 сўм
• Spark 4-позиция — 104 095 000 сўм
• Nexia-3 AT/plus — 119 921 000 сўм
• Cobalt AT/plus — 125 795 000 сўм
• Gentra 1-позиция — 128 284 000 сўм
• Gentra 3-позиция — 153 506 000 сўм
• Tracker — 255 200 000 сўм
• Tracker Redline — 264 000 000 сўм
• Malibu 2 — 405 900 000 сўм
• Traverse 2022 басланғыш комплектация — 469 211 034 сўмнан
• Traverse 2022 Premier — 647 600 000 сўм
• Tahoe 2022 басланғыш комплектация — 597 687 427 сўмнан
• Tahoe 2022 RST — 947 499 99 сўм
Сондай-ақ, 3 марттан баслап Chevrolet Lacetti, Cobalt, Nexia ҳәм Spark автомобиллери ушын шәртнамалар қайта тиклениўи мәлим қылынды.

Компанияның мәлим қылыўынша, баҳалар «базар анализи натийжелерине көре, сондай-ақ, шийки зат өзине түсер баҳасының көтерилиўи, коммунал хызметлер ушын тарифлер, миллий валютаның қадирсизлениўи ҳәм басқа факторларды есапқа алған түрде» көтерилген.

Соңғы жаңалықлар