"Бүгинги күнде Украина ЖООларында 370 ден зыят жасларымыз тәлим алмақта ҳәм соннан 200 ге шамалас студент Өзбекстанға қайтарылды. Қалғанларын да жақын 1 ҳәпте ишинде қайтарыў ушын барлық шараларды көрип атырмыз", деди Президент Шавкат Мирзиёев.Жоқары тәлим министирлиги, Сыртқы ислер министирлиги, ўәлаят ҳәкимлери басшылығында комиссия шөлкемлестирилиўи белгиленди.
Комиссия бир ҳәпте мүддетте Украинадан қайтқан студентлерди өзимиздеги ЖООларда оқыўын даўам еттириўи ушын бәрше шараятларды жаратып береди.
Бунда, Комиссия оқыўды Өзбекстанда даўам еттириў қәлеўи болған студентлерди әпиўайыластырылған тәртипте көшириўди шешеди.
