Қанлыкөл районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде, Сөз зергери Тилеўберген Жумамуратовтың естелигине арналған "Сөнбейтуғын поэзия жулдызы" атамасында илаж болып өтти.Кешеге шайырдың кызы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Журналистика кафедрасының профессоры М.Жумамуратова ҳәм белгили тележурналист А.Өтениязова қатнасып мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылар менен ушырасты. Ушырасыўды мектеп директоры Ф.Сайтов ашып берди ҳәм басқарып барды. Буннан соң М. Жумамуратова әкеси Тилеўберген Жумамуратовтың өмир жолы, дөретиўшилигинде умытылмас қызықлы ўақыяларды еске алды.
Белгили журналист A. Өтениязова cөз зергери шығармаларының көркемлик жақтан өзгешелиги ҳәм тәрбияға айрықша әҳмийети ҳаққында оқыўшыларға түсиник берди. Кешеге Республика Руўҳый ағартыў орайы Қанлыкөл Районлық бөлими баслығы У. Оспанова ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары З.Юсуповалар шығып сөйледи.
Кеше соңында мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

