logo

Қарақалпақстанлы еки студент Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 5-марттағы қарарына муўапық:

– Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти Мақсадова Зухрахон Қахрамон қызы;

– Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 4-курс студенти Орынбаева Еркинай Қуўанышбай қызы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болды.

Қарарға муўапық, мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында лауреатлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреатларының ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар