logo

Мойнақ районына жаңа ҳәким тайынланды

Бүгин, 7-март күни халық депутатлары Мойнақ районлық Кеӊесиниӊ гезексиз қырық биринши сессиясы болып өтти. Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Сессия күн тәртибине муўапық, бүгинги күнде район ҳәкими болып ислеп атырған Е.Еденбаевтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы район ҳәкими лаўазымына Менглибеков Бахтыяр Бекмурзаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы
81-статьясының 6-бәнтине муўапық, Мойнақ районыныӊ ҳәкими лаўазымына Менглибеков Бахтыяр Бекмурзаевич тайынланды. Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты.

Мағлыўмат ушын, Менглибеков Бахтыяр Бекмурзаевич «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйынында ҳәкимниӊ мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша жәрдемшиси лаўазымында жумыс алып барған.

Соңғы жаңалықлар