logo

Бозатаў районына жаңа ҳәким тайынланды

Усы жылдың 7-март күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң гезексиз қырқ бесинши сессиясы болып өтти. Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда бүгинги күнде район ҳәкими болып ислеп атырған М.Қайпановтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы район ҳәкими лаўазымына Алланиязов Камал Аманбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Сессияда Алланиязов Камал Аманбаевич Бозатаў районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Мағлыўмат ушын, Алланиязов Камал Аманбаевич усы күнге шекем Кегейли районы бойынша ғазнашылық бөлими баслығы, «Қарақалпақаўылхожалықхимия» акционерлик жәмийетиниң Кегейли районы филиалы директоры, «Еркиндәрья» ширкет хожалығының баслығы, Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, «Еркиндәрья шарўа» шарўашылық ҳәм дийқаншылыққа қәнигелестирилген жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы ҳәм тағы басқа да лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барған.

Karinform.uz

Соңғы жаңалықлар