logo

Төрт поезд тоқтаўына себебши болған “темир излеўши”

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы ашық суд мәжилисинде көрип шығылған ис ҳәммени теңдей ойлантырары сөзсиз.

Пуқараларымыз тәрепинен жерлерден темир металларын қазып алыў жағдайлары кейинги ўақытлары көбейип кеткенлигинен ҳәммемиздиң хабарымыз бар. Бул пуқаралар тәрепинен ойланбастан гез келген жерди қазып темир буйымларын алып атыр.

Усындай “темир излеўши” тәрепинен жер астында турған кабель қазып алыныўы 4 поезддиң тоқтап қалыўына ҳәм поездлердиң мәнзилине кешигип барыўына себепши болған.

Бул ис бойынша ҳуқуқбузыўшы “А” исимли шахс тәрепинен келтирилген зыянлар, яғный 4 поездлердиң мәнзилине кешигип барғаны бойынша қәрежетлер ҳәм “Өзбекстан темир жоллары” АЖға келтирилген зыянлар өндирилип, “А” исимли шахсқа суд тәрепинен шара көрилди.

Егерде тийисли хызметкерлер тәрепинен үзилип қалған кабель бойынша келген сигнал бойынша тезлик пенен шаралар көрилмегенинде аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин еди.

Сол себепли ҳәр бир пуқара ҳәр қандай ис баслаўдан алдын ҳәр тәреплеме ислеп атырған исиниң нызамлылығына көзи жеткенинен соң ҳәм тийисли жерлерден рухсатлар алынып исленсе мақсетке муўапық болар еди.

Жынаят ислери бойынша
Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров

Соңғы жаңалықлар