Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде мәжлис болып өтти. Мәжлисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов алып барды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң президиум қарары менен Ахмедова Марям Халилаевна тайынланды.Ахмедова Марям Халилаевна усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
