logo

Үйинде «зинахана» ашқан пуқараға жаза тайынланды

Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының «Тынышлық» мәкан пуқаралар жыйынында болып өткен гезектеги көшпели суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 131-статьясы 2-бөлиминде нәзерде (зинахана шөлкемлестириў) тутылған жынаятты ислеген 80 жастағы Балтабай атаның (аты өзгертилип алынды) жынаят иси көрип шығылды.

Жасларға ақыл-нәсият бериўдиң орнына өз үйин «зинахана»ға айландырған бул «исбилермен ата» жас жигит қызлардың «мүтәжлигин» питкериўи ушын ҳәр бир жуптан 40 мың сумнан 80 мың сумға шекем пул алып келген. Мол-молақай пул табыўды мақсет еткен ата ишки ислер уйымларының хызметкерлери тәрепинен жынаят үстинде усланып, оның бул «бизнесине» шек қойылды.

Ашық көшпели суд мәжилисинде оған суд тәрепинен әдил жаза тайынланды.

Илажда қатнасқан «Тынышлық» ҳәм «Таскөпир» мәкан пуқаралар жыйының турғынлары бул пуқараның жынаят исиндеги бундай унамсыз иллет тек ғана нызамда емес, ҳәттеки муқаддес динимизде де қатаң қараланатуғынлығы ҳаққында өзлериниң пикирлерин билдирди.

И.АЛЛАНИЯЗОВ,
Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар