logo

Өзбекстандағы коммерциялық банклеринде доллар курсы биринши мәрте 11 050 сўмнан асты

Өзбекстандағы бир неше коммерциялық банклери 14 март, дүйшемби күни доллар валютасының сўмға салыстырғанда курсын көтерди.

Көпшилик банклер 1 АҚШ долларын 10 945—10 990 сўм аралығында сатып алыўды, 11 050 сўмға сатыўды усыныс қылмақта. Бул ең жаңа жоқары көрсеткиш.

Төменде доллардың жаңа қурсын жәриялаған айрым банклер келтирилген:

• «Davrbank»: сатып алыў — 10 970 сўм, сатыў — 11 055 сўм.
• «Ipak yo‘li банк»: сатып алыў — 10 950 сўм, сатыў — 11 050 сўм;
• «Hamkorbank»: сатып алыў — 10 990 сўм, сатыў — 11 050 сўм;
• «Turonbank»: сатып алыў — 10 945 сўм, сатыў — 11 045 сўм;
• «Микрокредит банк»: сатып алыў — 10 970 сўм, сатыў — 11 050 сўм;
• «Капиталбанк»: сатып алыў — 10 970 сўм, сатыў — 11 020 сўм.

Еслетип өтемиз, АҚШ долларының өзбек сўмына салыстырғанда рәсмий курсы 3 марттан бери көтерилип киятырған еди. 4 март күни доллардың рәсмий курсы биринши мәрте 10 900 сўмнан асты. Сол күни коммерциялық банклеринде доллар курсы 10 955 сўмға дейин, 11 март күни болса 11 010 сўмға дейин көтерилди. Орайлық банк ҳәм шет ел валюталарының өзбек сўмына салыстырғанда 14 мартта әмелде болатуғын курсы белгилеген — 10 998,06 сўм. Есап палатасы прогнозына көре, 2022 жылда усы валюта курсы 11 300 сўмға дейин көтерилиўи мүмкин.

Соңғы жаңалықлар