«Ўзгидромет» ҳәпте даўамында бақланатуғын ҳаўа-райы ҳаққында мағлыўмат берди.
Жазылыўына қарағанда, 14—17 март күнлери республика бойынша бийқарар ҳаўа-райы сақланып турады. Ўәлаятлар бойлап ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, 14—16 март күнлери айрым жерлерде күшли жаўын жаўып ҳәм гүлдирмама болыўы мүмкин.
Қарақалпақыстанда, Хорезм ўәлаятында 14 мартта ҳәм 16—17 март күнлери айрым жерлерде тийкарынан аз муғдарда жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.
Ҳәптениң биринши ярмында күндиз температура 14-17 дәреже жыллылықтан 8-11 дәрежеге шекем жыллылық өзгерип турады, сәрсенби күни 16-21 дәрежеге шекем жыллылық көтериледи.
18 март жума күни Өзбекстан аймағында Россияның Европа бөлегинен суўық ҳаўа массасы кирип келеди. Республика бойынша жаўын жаўады, айрым жерлерде жаўын қысқа мүддетке қарға айланыў мүмкиншилиги бар. Күндиз ҳаўа температурасы 7-10 дәрежеге шекем жыллылық пәсейеди.
Ҳәрпе даўамында республика бойынша айрым жерлерде самал 17-22 метр/секундқа дейин күшейеди, гүлдирмама ўақтында самал күшейиўи 25-28 метр/секундқа дейин жетиўи мүмкин.
Республиканың таўлы аймақларында жаўын-шашын жаўын ҳәм қар көринисинде болады, 14—16 мартта айрым жерлерде күшли болады.
Таўлы аймақларда сел келиўи, таўларда қар қуйыў қәўипи бар.
