logo

Мойнақ районына 100 ге жақын Наўайылы жаслар келди

“Жасыл жыллық” улыўма миллий иләжында қатнасыў ушын "Наўайы кән-металлургия комбинаты" акционерлик жәмийети, "Наўайыуран" мәмлекет кәрханасы, " Наўайы кән-металлургия комбинаты Фонды" мәмлекет шөлкеми ҳәм Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтынан жәми 100 ге жақын жаслар Мойнақ районына келди.
"Жасыл жыллык" улыўма миллий ҳәрекети 3 күн даўам етип, усы күнлер ишинде жаслар тәрепинен Аралға сексеўиллер егилди ҳәм жаслар ушын мәдений дем алыў кешелери шөлкемлестириледи.

«Жасыл жыллық» улыўма миллий иләжларының биринши күнинде Наўайылы жаслар Мойнақтан 70 км аралықта жайласқан Арал теңизиниң қурыған аймақларына барып, 30 мың түптен аслам сексеўиллер егилди.
Иләждың екинши күнинде Наўайы кән-металлургия комбинаты Жаслар жетекшилери Кеңеси Мойнақ районында жайласқан улыўма билимлендириў мектеплерине барып, талантлы ҳәм дөретиўши жаслар менен сәўбетлер өткерди.
1-2-3-4-8-улыўма билимлендириў мектеплерине Наўайы кән-металлургия комбинаты акционерлик жәмийети тәрепинен ажыратылған заманагөй компьютерлер топламы, 12 500 электрон китаплар саўғаға берилди.
Наўайы кән-металлургия комбинаты, Наўайыуран, Наўайы кән-металлургия комбинаты фонды, Наўайы кән-металлургия институты жаслары ҳәм Мойнақ районының билимли жаслары қатнасыўында «Заковат» интеллектуал ойыны, сондай-ақ, спорт сүйер жаслар арасында «Волейбол» жарыслары өткерилди.
Иләждың үшинши күнинде болса Наўайы кән-металлургия комбинаты жаслары Мойнақ районындағы музейге саяхат етип, күнниң екинши ярымда Мойнақ районында 100 түп терек нәллери ҳәм Аралдың қурыған аймақларына 12 мыңнан аслам сексеўил нәллерин отырғызды.
Буннан тысқары, Автомобил транспорт басқармасы, Темир жоллары цехы 1-санлы Автокәрхана топары жумысшылары «Қанарбай ата» зыяратында болып, акция шеңберинде ол жерге де шөлге шыдамлы нәллер отырғызды.
Солай етип, Наўайылы жаслар менен биргеликте 3 күн даўамында аймақлар абаданластырылып, улыўмалық есапта 42 мыңнан аслам нәллер егилди.

Ақылбек Турсынбеков,
KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар