logo

Өзбекстанда мәс ҳалда автомобиль басқарғанлар 5 жылға айдаўшылық ҳуқықынан айырылыўы мүмкин

Өзбекстанда мәс ҳалда транспорт қуралларын баскарыў 5 жылға айдаўшылық ҳуқықынан айырылыўына себеп болыўы мүмкин. Бул ҳаққында Ҳәкимшилик жуўапкершилик туўрысындағы кодекске киргизетуғын өзгертиўде нәзерде тутылған.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Қорғаў ҳәм қаўипсизлик мәселелери комитетиниң кеңейтирилген жыйналысында мәс ҳалда автомобиль басқарғанлығы ушын 5 жыл мүддетке айдаўшылық ҳуқықынан айырыў ҳәм басқа жаза шараларын аўырластырыўды көзде тутыўшы өзгертиўлер киритилиўи күтилип атырғаны мәлим қылынды.

ИИВ жәмәәт қәўипсизлиги департаменти ЖҲҚХ баслығы Олимжон Саидовтың сөзлерине көре, ҳәзирги ўақытта 8 норматив ҳуқықый ҳүжжет, атап айтқанда, еки нызам, бир президент қарары ҳәмде төрт ҳүкимет қарары жойбарлары таярланып атыр.

«Ҳәкимшилик жууапкершилик туўрысындағы кодекске мәс ҳалда автомобиль басқарғанлық ушын транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан 5 жыл мүддетке айырыўды көзде тутыўшы өзгертиў киритилиўи көзде тутылған. Әмелдеги тәртипке көре, транспорт қуралларын алкоголлы ишимликтен, Нәшебент тәсиринде ямаса өзгеше тәризде мәс ҳалда басқарған айдаўшылар транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан 1 жыл 6 айдан 3 жылға дейин мүддетке айырылады.

Сондай-ақ, усы қылмыс ушын базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (13,5 миллион сўм) муғдарда жәрийма салыныўы қатаң белгиленбекте. Әмелдеги жәрийма муғдары базалық есаплаў муғдарының 40 есесин қурайды», — дейди Олимжон Саидов.

Мәс бола турып медициналық көриктен өтиўден бас тартқаны ушын айдаўшылық ҳуқықынан айырыў мүддетти катаң 3 жыл етип белгиленбекте.

UzReport телеканали арқалы эфирге узатылған көринисте мәлим қылыныўынша, Өзбекстанда 2022 жыл басынан бери ЖПХ хызметкерлери алкоголь яки нәшебент тәсиринде мәс деп гуманланған 8462 айдаўшыны тоқтатқан. Олардан 5536 пуқара мәс ҳалда екени тастыйықланған, 2926 болса медициналық көриктен өтиўден бас тартқан.

Буннан тысқары, және 953 айдаўшы мәс жағдайда автомобиль басқарғаны ушын буннан алдын айдаўшылық гуўалығынан айырылғаны анықланған.

Еслетип өтемиз, 2021 декабрь айынан баслап Өзбекстанда басқарыўшының мәс екенлигин анықлайтуғын жаңа алкотестерлерден пайдаланыў басланды. Усы үлги алкотест тапсырып атырған айдаўшының жүзин сүўретке алыў имканятына да ийе.

Соңғы жаңалықлар