logo

Мектеп оқыўшыларының соңғы 6 жыллық баҳалары ЖООна кириў балына қосылады

2022/2023 оқыў жылынан баслап мектеп питкериўшилериниң гүўалығындағы 11 жыллық тәлимниң соңғы 6 жыллық баҳалары ЖООна кириў балына қосылады.

Баҳалар электрон платформалар арқалы есапланады ҳәм МТОның “АБИТУР” программасына жибериледи.

Баҳалардың орташа көрсеткиши 6 — 11-класслардағы ямаса 6 — 9 -класслар ҳәм 1-2-басқышлардағы жыллық баҳалардың улыўма жыйындысын оқытылған пәнлерге болыў арқалы шығарылады.

Максимал балл 100% деп алынады ҳәм баллар баҳа системасына төмендегише өткериледи:

 — 86 -100% ушын - 5 баҳасы;

— 71-85% - 4 баҳасы;

— 56 -70% - 3 баҳасы ҳәм 56%ке шекемги - 2 баҳасы.

Соңғы жаңалықлар