logo

Қарақалпақстанда маскасыз жүрген 30 мыңнан артық пуқараға жәрийма салынды

Kun.uz дәрегиниң хабар бериўинше, Өзбекстанда коронавирусқа шатылған дәслепки наўқас анықланыўы артынан енгизилген карантин шеклеўлери дәўиринде 1 млн 139 мың 872 шахс медициналық маска тақпағаны ушын жәрийма төлеген.

Солардан Қарақалпақстан Республикасында 30 мың 534 адамға жәрийма салынған.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясына (Эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў) муўапық, карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәм тарқалыўы шараятында кепилликли органның арнаўлы талапларына қарсы түрде жәмийетлик орынларда маскасыз болыў базалық есаплаў муғдарының бес есесине шекем (245 мың сўмнан 1 млн 225 мың сўмға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар