16-марттан баслап Өзбекстанда бир қатар шеклеўлер бийкар етилмекте. Бул ҳаққында кеше, 15-март күни Бас министр А.Арипов басшылығында болып өткен Республика арнаўлы комиссиясының жыйналысында мәлим етти.Жыйналыста коронавирустың Өзбекстанда тарқалыў дәрежеси бүгинги күнде 0,4 көрсеткишти қурап атырғаны, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми экспертлери жуўмағына бола, бул көрсеткиш 1,0 ге шекем болса, жағдай турақлы екенин аңлатыўы тағы бир рет атап өтилди.
Сол себепли Өзбекстанда бир қатар талаплар бийкар етиледи. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Тәжикстан Республикасы менен шегарасында жайласқан өткериў пунктлериниң жумысы қайта тикленеди.
Соның менен бирге, Өзбекстанға кирип келиўшилер республикаға келиўинен кеминде 48 саат алдын тапсырылған коронавирус инфекциясына ПЦР тест нәтийжеси бойынша терис нәтийжели мағлыўматқа ийе болыў талабы да бийкар етилип атыр.
Енди шет ел мәмлекетлеринен Өзбекстанға келиўшилерге тийисли тәртипте емленгенлик сертификаты ямаса паспортына ийе болған жағдайда, олардан ПЦР тест нәтийжеси, сондай-ақ, коронавирус инфекциясына экспресс-антиген тест тапсырыў талабы қойылмайды.
Буның орнына, келиўшилер тийисли тәртипте емленгенлик сертификаты ямаса паспортына ийе болмаған жағдайда республикаға келиўинен кеминде 72 саат алдын тапсырылған коронавирус инфекциясына ПЦР тест нәтийжеси, ямаса шегара өтиў пунктлеринде экспресс-антиген тест тапсырыў бойынша терис нәтийжели мағлыўматнамаға (elektron QR code) ийе болыўы шәрт деп белгиленди.
Жыйналыста Өзбекстан ҳәм Қазақстан ортасында халық аралық жолаўшы поездлар рейслерин, сондай-ақ, автобус бағдарларында парритет тийкарында жолаўшы тасыў жумысының карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда қайта тиклениўи мәлим етилди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасына кириў ушын шет ел пуқараларына электрон визаны рәсмийлестириў ҳәм бериў системасы (E-Visa) жумысы қайта тикленип, тез күнде иске түсириледи ҳәм шет ел мәмлекетлеринен киятырған саяхатшыларға оператив ҳәм сапалы мағлыўмат алмасыў бойынша хызметлерди көрсетиў ушын Call орай жумысы жолға қойылатуғын болды.
