Бүгин, 16 марттан Өзбекстан Республикасының Тәжикстан Республикасы менен шегарасында жайласқан өткизиў пунктлери искерлиги қайта тикленеди. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша шара-илажлары жойбарын таярлаў бойынша Республика арнаўлы комиссиясы қарарында белгиленди.Комиссия жыйналысында Өзбекстан ҳәм Қазақстан ортасында халықаралық жолаўшы поездлар қатнаўлары ҳәмде автобус жөнелислериде парритет тийкарында жолаўшы тасыў искерлигин карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда қайта тиклениўи мәлим қылынды.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасына кириў ушын сырт ел пуқараларға электрон визаны рәсмийлестириў ҳәм бериў систимасы (E-VISA) искерлиги қайта тикленип, тез күнда иске түсириледи ҳәмде сырт ел мәмлекетлеринен киятырған саяхатшыларға тез ҳәм сапалы мағлыўмат алмасыўы бойынша хызметлерин көрсетиў бойынша Call орайы искерлиги жолға қойылатуғын болды.
