logo

Өзбекстанда пенсия жасына жеткен хызметкерлерди жумыстан босатыў қадаған етилмекте

«Нураныйларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежесин асырыўға тийисли қосымша шара-илажлар туўрысында» президент қарары қабыл қылынды, деп хабар берди ЎзА.

Оған көре, хызметкердиң пенсия жасына толыўы мүнәсибети менен ол менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң ықтыяры менен бийкар қылыў тәртибин қадаған етиў туўрысындағы усынысқа разылық берилген.

Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министирлиги ҳәмде тийисли кеңселерге еки ай мүддетте усы қадағалаў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылған.

Сондай-ақ, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министири, Ахборот технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министирлиги менен биргеликте 2023 жыл 1 январга шекем «Нураный» электрон платформасын бюджеттен тысқары Пенсия фондының пенсия ҳәм напақа алыўшыларының электрон мағлыўматлар базасы, «Социаллық қорғау бирден-бир реестри» ҳәмде «социаллық хызмет» электрон платформасы менен интеграция қылыў шараларын көреди.

Мағлыўмат ушын, 2022 жыл 1 январь жағдайына Өзбекстан пенсия ҳәм напақа алыўшыларының улыўма саны 4 миллион 39 мың 2 пуқараға жеткен. Соннан 3 миллион 588 мың 4 пуқара пенсия, 450,8 мың пуқара болса напақа алыўшылар есапланады.

Соңғы жаңалықлар