
Социал тармақларда Өзбекстан халық артисти Юлдуз Усмонова концерт даўамында ықласбентлерге қопал түрде сөйлеп, ылайықсыз мүнәсибетте болғаны сәўлеленген видео тарқалған еди. Қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў жәмийети федерациясы баслығы орынбасары Иномжон Тагаевтың сөзлерине көре, усы жағдай бойынша «Ўзбекконцерт» пенен үйрениў жумысларын алып барған.
Тарқалған видеодан көриў мүмкин, Өзбекстан халық артисти Юлдуз Усмонова 12 март күни Ташкенттеги «Халқлар дўстлиги» санаат сарайында өткерилген концертинде ықласбентлерге қопал мәмиледе болған.
Тагаевтың айтыўынша, усы жағдай бойынша «Ўзбекконцерт» мәмлекетлик шөлкеми менен байланысқа шыққан.
«Лицензия бериўши шөлкем — ‘Ўзбекконцерт’. Оларда буннан тысқары, артистиң лицензия талаплары да бар. Яғный артист әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел қылыў керек. Жағдай толық үйренилди. Ықласбентлер менен дәслепки сәўбетте, сөзлерди (қосықшы айтқан) анализ қылып соны билдик, әдеп-икрамлылық қағыйдалары бузылған… қарыйдарларға бундай қопал мәмиле қылыў нызым бойынша қадаған етилген, бул бойынша ‘Ўзбекконцерт’ пенен тиккелей процести үйренип шығып, жуўмағымызды айтамыз», — дейди ол.
Жазылыўына қарағанда, «Халқлар дўстлиги» санаат сапайында болып өтип атырған концерттиң 12 март күниндеги дәстүринде техник насазлық себепли сахна пердеси толық ашылмай қалған ҳәм буған ықласбентлер наразылық билдирген. Тийкарынан, олардан бири қопал түрде бақырған. Юлдуз Усмонова буны ақыретлегенлик деп түсинген ҳәм эмоцияға берилип, концертке келген ықласбентлерге қопал мүнәсибетте болған. Бул жағдайға Мәденият министирлиги да мүнәсибет билдирген болып, «артистен маденият талап қылатуғын жәмийет концертте дем алыўына кесент ететўгын ықласбентледи де тәртипке шақырыў кереклигин» айтқан.
