Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, айрым жердерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айрым жерлерде думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 метр/секунд тезликте еседи, айрым жерлерде 17-22 метр/секундқа дейин күшейеўи мүмкин. Температура түнде 0-5 дәреже жыллы, күндиз 3-8 дәреже жыллы болады.Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда март айы басларынан бери жаўынлы ҳаўа-райы даўам етпекте. «Ўзгидромет» хабарна көре, 17—20 март күнлери Өзбекстан аймағында Ираннан жыллы ҳәм ығаллы ҳаўа, кейин Волга бойы аймақларынан суўық ҳаўа массасы кирип келиўи күтилмекте. Күшли жаўынлар себепли Өзбекстанның 9 ўәлаятында сел келиў қәўипи жәрияланған.
