logo

Ҳүжжетте көрсетилмеген, сапасы кепилленбеген өнимлер

Бажыхана уйымлары тәрепинен республикамыздың аймағына түрли қыңыр жоллар менен бажыхана қадағалаўын шетлеп өтиўге болған урыныўларға қарсы кең көлемдеги илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы республикамызға кирип келген пуқара К.А. басқарыўындағы «DAF» маркалы жүк автотранспорт қуралы орнатылған тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди. Нәтийжеде, автомашинада жүк бақлаў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўызша сораўында айтылмаған, улыўма баҳасы 220 миллион сумлық, сапасы кепилленбеген азық-аўқат өними бар екенлиги анықланды.


Сондай-ақ, және бир жағдайда усы постқа қоңсылвс мәмлекеттен кирип келген пуқара С.Э. басқарыўындағы «DAF» маркалы жүк автотранспорт қуралы орнатылған тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенде, автомашинада бажыхана хызметкериниң аўыз еки сораўында айтылмаған ҳәм тийисли ҳүжжетлери болмаған, улыўма баҳасы 60 миллион сумлық 10 дана шаңжутқыш барлығы мәлим болды.


«Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы республикамызға кирип келген пуқара Б.Б. басқарыўындағы «MAN» маркалы жүк автотранспорт қуралы да тексериўден өткерилгенде, бажыхана хызметкериниң аўызша сораўында айтылмаған, улыўма баҳасы 21 миллион сумлық хожалық заты бар екенлиги анықланды.

Бул жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Соңғы жаңалықлар