logo

Барлық автотранспорт басқарыўшылары дыққатына!

Бир неше күннен берли республикамыз аймағында ығаллы ҳаўа райы бақланып атырған болып, жаўын, айырым орынларда қар жаўыўы гүзетилмекте. Тәбийий түрде, автомобиль жолларында аралықты көриў бираз пәсейип, жолларда жол транспорт ҳәдийсеси қәўпи артып баратыр. Түнде салқын ҳаўа болыўына байланыслы азанғы ўақытлары музғалақ ҳәм сырғанақлар жүзеге келиўи мүмкин. 

Сонлықтан, автомобиль жолларында өзиӊиз ҳәм жақынларыӊыз саламатлығына ҳәм қәўипсизлигине бийпарқ болмаған түрде автомашиналар ортасында аралықты сақлаў, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў, автомашинада кескин ҳәрекетти ислемеў усыныс етиледи. Себеби, сиз автомобиль жолларында өзиӊиз ҳәм ҳәрекет қатнасыўшыларыныӊ саламатлығы ушын жуўапкерсиз. 

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар