Быйыл бюджет шөлкемлери қатарында медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын да кеминде 10 процентке арттырыў режелестирилген.Оған қосымша түрде, тараў ўәкиллериниң машақатлы мийнетин және де хошаметлеў мақсетинде, усы жылы 1-июньнен:
– медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы маманлық категориясына қарап, және 15 процентке шекем арттырылады;
жоқары технологиялық қыйын операцияларды орынлаған шыпакерлерге болса және 25 процент муғдарында үстеме төленеди;
Медицина хызметкерлерин хошаметлеў қорына жылына 1,5 триллион сум ажыратылады.
Усы қаржылардың есабынан:
-айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ҳәм ҳүжданлы ислеп атырған шыпакер ҳәм мийирбийкелерге 100 процентке шекем үстемелер де белгиленеди;
– жаңадан жумыс баслаған пидайы жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекем арнаўлы айлық үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.
Басқаша айтқанда, ҳәзирги күнде жоқары категориялы шыпакер 4 миллион сум мийнет ҳақы алса, енди мийнет ҳақысының артыўы ҳәм жаңа үстемелер есабынан, 8-9 миллион сумға шекемги мийнет ҳақы алыўы мүмкин болады.
Мийирбийкелер болса ҳәзирги 1,5 миллион сум орнына, категориясы ҳәм ерискен нәтийжелерине қарап, 3-4 миллион сумға шекем айлық мийнет ҳақы алыўы мүмкин.
– Усы күнлерге келемиз, деп айтқан едим! Муғаллимлер ҳәм шыпакерлердиң мийнет ҳақысы 1000 долларға жетеди деп, әсте-әсте соған жақынласып атырмыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
