Бүгин, 22-март күни Наўрыз байрамы мүнәсибети менен районымызда «Дронлар шоу»сын өткериў режелестирилмекте."Дронлар шоу"ы Арал футбол стадионда, саат 20:00де болып өтиўи белгиленбекте.
Егер ҳаўа райында самал бақланбаса, "Дронлар шоу"ы белгиленген ўақытта өткерилиўи қәнигелер тәрепинен айтылмақта.
"Дрон шоу"дың өткерилиўине байланыслы "Әжинияз" көшесиндеги автомобиль жолында автотранспортлардың ҳәрекетлениўи ўақтынша қадаған етиледи.
Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
