2022-жыл 25-январь күни саат 15:00лер шамасында Қоңырат районы, Жипек жолы көшесинде, Қоңырат районында жасаўшы жас өспирим Б.Т Жол патрул хызмети автомашинасы үстине минип секирген жағдайын видео көрниске алып социяллық тармақларға жайластырған. Усы ўақыя бойынша сорастырыў жумыслары алып барылғанында Б.Т Қоңырат районы Жипек жолы көшеси бойында турған Нексия маркалы автомашина ҳәм Ласетти маркалы жол ҳарекети қәўипсизлиги басқармасына тийисли болған, мәмлекетлик белгиси 95 545 VSF автомашинасының үстин басып жүгирип өткен ҳәм сол видеоны өзиниң жорасына тусиртип социал тармақларға жайластырған.
Бул ўақыя бойынша жас өспирим социяллық тармақларға жайластырған ҳәрекетлери менен оның тәрбиясына немқурайлық пенен карап, тәрбия бериў миннетлемелерин орынламағаны ушын жас өспиримниң әкеси Ж.Т ның ис-ҳәрекетлеринде перзентине тәлим бериў миннетлемесин орынламаған деп табылып, Қоңырат районы ИИБ ҲПБ ТП профилактка инспекторы тәрепинен Өзбекстан Республикасы ХЖхКниң 47-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислегени ушын базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси муғдарында жарийма жазасы қолланылған.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.
