
Социал тармақларда Қашқадәрья ўәлаятындағы мектепте өткерилген байрам илажында оқыўшы қыздың жығылып түсип, қайтыс болғаны сәўлеленген видео тарқалды.
«Daryo.uz» сораўына жуўап берген Миришкор районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети баслығы Азизбек Яздурдиев ўақыя 2022 жылдың 19 март күни райондағы 33-санлы мектепте болғанлығын тастыйықлады.
«Чандир аўылындағы 33-санлы мектепте 19 март күни Наўрыз байрамына бағышланған илаж болып өткен. Илажда қызлар қатнасыўында ойын сахнасы көрсетилген. 10-класс оқыўшысы усы ўақытта жерге жығылып, өзин жоғалтқан. Оқыўшы қыздың алдыннан эпилепсия кеселлиги болған. Бирақ жақынлары оның бул кеселлигин жәрия қылыўды қәлемеген. Өзин жоғалтқан қыз емлеўханаға баратырғанда, жолда қайтыс болған», — дейди Азизбек Яздурдиев.
Азизбек Яздурдиевтың қосымша қылыўынша, оқыўшы қыз шаңарақтағы үш перзенттиң екиншиси болған. Жағдай ИИБ ҳәм ўәлаят Денсаўлықты сақлаў басқармасы тәрепинен үйренилмекте.
