«Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-91-сан, 24.03.2022-ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында «Xabar.uz» басылымы мәлим етти.Пәрманға бола, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериў бойынша ашық электрон таңлаў нәтийжелерин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарары менен тастыйықлаў тәртиби бийкар етилди.
Алдын ижара шәртнамасы дүзилместен алдын ҳәким қарары қабыл етилиўи керек еди.
Соның менен бирге, дийхан хожалығы жүргизиў ушын жер участкаларын ашық электрон таңлаў арқалы ижараға бериўде 2022-жыл 1-марттан кейин шет елден қайтып келген мийнет мигрантларына өз алдына жеңиллик берилиўи белгиленди.
Дерек: «makan.uz»
