Жақында Тақыятас районындағы 4 Н-53 «4 К-4 Автомобиль жолы Тақыятас районы – Найманкөл ДФХ-Түркменстан Республикасы шегарасына» автомобиль жолының 0-км.де жайласқан көпирде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы ўақтынша жабылатуғынлығы ҳаққында хабар берген едик. Бүгинги күнде Тақыятас районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде көпирде қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Найманкөл ДФХға барыўшы тийкарғы жол екенлигин есапқа алып, оӊлаў жумыслары тез арада жуўмақланыўы белгиленип, жедел пәтте алып барылып атыр. Айтып өтиў орынлы, автомобильлер ҳәрекети ушын айланба жол жөнелиси тәмийнленген.
Қарақалпақ Автожол
