Мойнақ аэропортында:
10:20 - ҒХҚ ўәкиллеринен ибарат делегация күтип алынады;
10:30-10:40 - Аэропорттың ашылыў салтанаты болып өтеди.
Мәденият сарайы алдында:
10:00-13:00 – Бақсы ҳәм жыраўлар атқарыўында жырлар ҳәм дәстанлардан үзинди;
10:40-12:00 - Миллий тағамлар көргизбеси;
12:00-14:00 - Миллий үрп-әдетлерден көргизбели шығыўлар;
11:00-14:00 – Дәрўазлардыӊ бәлентте тартылған арқанда ѳнер кѳрсетиўлери;
12:00-16:00 – Пәтпелек ушырылыўы;
Амфитеатрда:
11:00-12:30 – Концерт бағдарламасы;
12:30-15:00 – Миллий гүрес бойынша жарыс;
12:30-13:30 - Қошқар дүгистириў;
13:30-14:30 - Қораз урыстырыў;
13:30-14-30 - Арқан тартысыў;
13:00-15-00 - Миллий ойынлардың көргизбели шығыўы (Қазан, бектас, қашарман, ләӊги, шүллик, аӊғалақ, кѳшпек ҳәм тағы басқа миллий ойынлар);
14:00-15:00 - Ташкент ўәлаятының концерт бағдарламасы.
Ашық аспан астындағы кемелер музейи комлексинде:
12:00-14:00 - Қошқар дүгистириў;
12:30-14-00 - Арқан тартысыў;
12:00-14:00 – Пәтпелек ушырыў илажлары болып өтеди.
«NavrUz» этнофестивалы даўамында ҒХҚ ўәкиллеринен ибарат делегация тәрепинен сүўретке түсириў жумыслары әмелге асырылады. Соның менен бирге, делегация ағзаларына саат 21:30 дан 22:30 аралығында кешки сейил шөлкемлестирилип, олар түнги Мойнақты сүўретке түсириў имканиятына ийе болады.
Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
