Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиӊ тапсырмасы менен Самарқанд ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасынан бир топар шыпакерлер Нөкис районына барды. Қәнигелер 24, 25, 26-март күнлери аралығында 12 жөнелис (кардиология, нейрохирургия, ЛОР, онкология, травматология ҳ.т.б.) бойынша, ҳәр жөнелис бойынша 2-3 қәнигеден район халқына медициналық жәрдем көрсетпекте. Қәнигелер дәслеп район халқының медициналық жәрдемге мүтәж халқынан 42 наўқасты тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди. Көрик жуўмағында операцияға мүтәж наўқаслар сайлап алынып, басқаларына тийисли тәртипте консультациялар берилди.
Самарқандлы нейрохирурглар келген 24-март күни район емлеўханасында қыстаўлы медициналық жәрдемге мүтәж наўқасқа бас мийдиӊ жанында диаметри 5,4 см өспени алып таслаў қурамалы операциясын табыслы әмелге асырды. Буннан басқа травматология жөнелиси бойынша эндопротезлеў операциялары да баслап жиберилди.
Бүгин болса 3 кардиологиялық жүректе ашық операция, 5 көз тараўындағы операция, 3 ЛОР жөнелиси бойынша операция, 3 урологиялық ҳәм пластикалық операциялар өткерилиўи режелестирилген.
– Қарақалпақстанда, соның ишинде Нөкис районында медицина тараўы бойынша әмелге асырылған жумысларды көрип қуўанып атырмыз. Мине, Нөкис районлық емлеўханасы жаңадан үлгили тәртипте қурылып, барлық талапларға жуўап берип, жақсы шараятлар толық жаратылған екен, – дейди Самарқанд қалалық медицина бирлеспеси баслығы Ахмаджан Бабажанов. – Келешекте Самарқанд ўәлаяты ҳәм Нөкис районы медицина хызметкерлери өзара бирге ислескен ҳалда тәжирийбе алмасыў илажларын шөлкемлестириў мақсетимиз бар. Нийетимиз бир – инсан қәдирин, халқымыздың, жәмийетимиздиң саламатлығын сақлаў.
Ҳәзирги ўақытта самарқандлы шыпакерлер Нөкис районының шетки аўылларында жатақ режиминде жатқан наўқаслардың да ҳалынан хабар алып, машқалаларын үйренбекте.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министирлиги
