logo

Халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў илажлары даўам етпекте

Мойнақ районы "Қызылжар" аўыл пуқаралар жыйынында ҳәзирги күнде 9 дана баспа кран бар. Соннан 6 данасы 2021-жылы қурылды. Соның менен бирге 2 суў тазалағыш салынды.

"Абат аўыл" бағдарламасы шеңберинде өткен жылы қурылып басланған суўды душшыландырыўшы қурылма жақында пайдаланыўға тапсырылды.

Қурылманың баҳасы 400 млн. сум болып, бундай илажлар аймақ халқының ишимлик суўға болған мүтәжлигин қанаатландырыўға хызмет етеди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар