Қарақалпақгидромет мәлим етиўинше, Республикамыз аймағында 28-март күни ҳаўа алағат бултласып, айырым жерлерде жаўын жаўыўы күтиледи.Самалдың бағыты шығыстан-батысқа өзгерип тезлиги 7-12м/с.
Айырам жерлерде самалдың тезлиги күшейип 18-23 м/с қа жетиўи күтиледи.
Ҳаўаныӊ температурасы Үстүрт тегислигинде түнде -1гр суўықтан +4гр жыллы, күндиз +4+9гр жыллы.
Арқа ҳәм арқа-шығыс районларда түнде 0+5гр жыллы, күндиз +9+14гр жыллы.
Орайлық районларда түнде +1+6гр жыллы,күндиз +10+15гр жыллы.
Қубла районларда түнде +2+7гр жыллы, күндиз +12+17гр жыллы.
Пайтахтымыз Нөкис қаласында түнде +2+4гр жыллы, күндизги ўақытлары +12+14гр әтирапында жыллы болыўы күтиледи.
27.03.2022.
