logo

Таўламашы қолға түсти

Халқымызда «Мийнет етсен еринбей қарның тояр тиленбей» деген даналық гәп бар. Арамызда мийнеттен қашып, жеңилдиң үсти менен жүрип пул табыўды нийет еткен айырым адамлар ушрасып турады. Мәселен Хорезм ўалаятының Шовот районында туўылған жуўапкершилиги шекленген жәмийет баслығы О.Б. исмли пуқара (аты өзгертилген) өзгелердиң пулларын алдаўшылық жолы менен қолға киргизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған, шарўашылықты раўажландырыў бойынша Шоманай районы пуқараларын яғный олардың банклердеги алған кредитлери орнына қара мал, қой ешкилердижеткерип бериўши фермер хожалықлары хәм карханалары дизимине кирип, пуқара А.Б.ның «егер банктен кредит алсаң Гуссар қой акелип беремен» деп алдап, оны исендириў мақсетинде онынң менен банктен алатўғын 30 миллион сўмлық кредит орнына ҳар бириниң бахасы 2 миллион 500 сўм болған 12 бас Гуссар қойларын жеткерип бериў бойынша алды сатты шартнамасын дүзип, пуқара А.Бның АТБ «Агробанк» Шоманай филиалынан 30 миллион сўмлық кредит пулларын 19.05.2020-жылы толығы менен өзиниң АТБ «Агро банк» Шоманай филиалындағы есап бетине жуўапкершилиги шекленген жәмийет есабына түсирип, өз мәпине өзлестирип, пуқара А.Бға 12 бас Гуссар қойларын ҳәр түрли бәнелерди айтып, алып келип берместен оған жәми 30 миллион сўмлық зыян жеткерген.

Буннан басқа  жуўапкершилиги шекленген жәмийет баслығы О.Б өзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип Б.К исмли пуқараның 30 миллион сумын, сондай-ақ пуқара Н.Гның 28 миллион сумын, Е.Б исмли пуқараның исенимине кирип оған банктен кредит алсаң Гуссар қойларын акелип беремендеп алдап 30 миллион сумын, К.Г. исмли пуқараның 22 миллион 500 мын сумын К.Ф исмли пуқараның 10 миллион сумын хәмде Ж.Б. исмли пуқараның 11 миллион сумын жәми бул пуқаралардан 154 миллион сум пулларын өзлестирип өз мәпине жумсап жиберген. Таўламашы исенимине кирген пуқараларлы көп ўақыт алдап жүргенлиги себепли пуқаралар ҳуқық қорғаў уйымларына мүражаат етиуге жәжбүр болған. Бул пақараның иси судта қаралып жоқарыдағы келтирип өтилген бир нешше пуқараны алдап пулларын өзлестирип жүргенлиги себепли ол Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен айыплы деп табылды.

Халқымыз «Тек жүрген тоқ жүрер» деп бийкарға айтпаған. Таўламашы бәрибир торға түсип, жынайый жуўапкершиликке тартылып, таныс-билислериниң алдында бийаброй болды. 

Жынаят ислери бойынша Шоманай район судының баслығы Р.Назаров

Соңғы жаңалықлар