logo

Қарақалпақстанда бақланған күшли самал ақыбетинде зыян көрген имаратлар ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының хабар бериўинше, Нөкис қаласы ҳәм районлардағы Айрықша жағдайлар бөлимлериниң Оператив басқарыў топарлары тәрепинен басқарманың нәўбетши диспетчерлик хызметине 2022-жылдың 26-март күни саат 12:00 ден 18:00 ге шекем жүз берген күшли самал ақыбетинде Нөкис қаласы бойынша жети, Қоңырат, Шымбай, Тахтакөпир районлары бойынша еки, Тақыятас, Кегейли ҳәм Хожели районлары бойынша сәйкес түрде бир жағдайдан имаратлардың төбе бастырмаларына түрли дәрежеде зыян жеткенлиги бойынша мүрәжатлар келип түскен.

Айрықша жағдайлар бөлимлериниң тийисли жуўапкер қәнигелери келип түскен мүрәжатлар тийкарында жағдай жүз берген орынларға оператив түрде жетип барып, жеткерилген зыянларды сапластырыў ҳәм басқа да қутқарыў жумысларын алып барған.

Хабарда қосымша етилиўинше, 26-март күни ескен күшли самал ақыбетинде жарақат алғанлар ҳәм медициналық бирлеспелерге мүрәжат еткен пуқаралар анықланбаған.

Дерек: Karinform.uz

Соңғы жаңалықлар