logo

UzAuto Motors баслығы автомобиллер ушын гезек ҳаққында айтты

Алдын Өзбекстанда ислеп шығарыў өсип баратырғанына қарамастан, гезеклер оннан да тез өсип атырғаны, нәтийжеде Cobalt ҳәм Lacetti автомобиллери жетиспей атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.

Компания бас директоры Бо Андерссонның айтыўынша, компания бул мәселе үстинде күни-түни ислемекте ҳәм қарыйдарлар арасында талап күшли болған автомобиллерди көбирек ислеп шығармақта.

«Биз ғалабалық автомобиллерди ислеп шығарыў көлемин кеңейттик. Lacetti автомобилин 262 ден 366 ға (27 процентке), Cobalt автомобилин күнлик ислеп шығарыў көлемин 342 ден 420 ға шекем (18 процентке) көтердик», — дейди Андерссон.

Оның сөзлерине бола, автомобиллерди қарыйдарларға жеткерип бериў мүддети еки есеге қысқартылған.

«Бирақ, өкинишке орай биз еле де керекли орында емеспиз. Бул мақсетке ерисиў ушын қолымыздан келген барлық жумысты ислеўимизге жеке өзим кепиллик беремен», — дейди Андерссон.

Оның айтыўынша, Spark автомобилин сатып алғанлар үлкен итимал менен автомобильди шәртнамада көрсетилген мүддеттен алдын алыўы мүмкин болады, Nexia автомобилин болса, улыўма күтпестен дилерлерден алып кетиўи мүмкин.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар