logo

Шайыр менен ушырасыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Жаслар менен ислесиӯди нәтийжели шөлкемлестириӯде  мәденият, көркем-өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыӯға кызығыӯшылығын асырыӯ бойынша 5 әҳмийетли басламаны әмелге асырыӯ ҳаққында»ғы қарарыныӊ орынланыӯын басшылыққа алып, ҳәр түрли атамада илажлар өткерилмекте. Қанлыкөл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, мәмлекетлик сыйлықлар ийеси, шайыр Нурлыбай Дәўлетбаев пенен дөретиўшилик мәдений ушырасыў болып өтти.
Жаслар тәрбиясында әдебият, мәнаўият ҳәм мәденияттың орны” атамасында өткерилген ушырасыўға дөретиўшилик пенен шуғылланыўшы талантлы жаслар, мектеп директоры ҳәм оның орынбасарлары, пән муғаллимлери қатнасты. Ушырасыўда шығып сөйлеген Н. Дәўлетбаев өзиниң дөретиўшилик жолы, баспадан шыққан китаплары ҳаққында айтып берди. Сондай-ақ, Қанлыкөл районы тарийхынан саза бериўши "Қанлыкөлде қалың ел" китабы ҳаққында кең түсиник берди. Ушырасыўда мектептиң талантлы жаслары өзлериниң қосықларын көркемлеп оқып,  өзлериниң дөретпелери менен де таныстырып өтти. Оқыўшылар өзлери қызықтырған сораўларын берип ҳәр бир инсан дөретиўши инсан  болыўы ушын қандай ислерди әмелге асырыў кереклиги ҳәм бул басқышты  шайыр сыпатында қалай өткенлиги менен қызықты.
Ушырасыўда бул илаждың мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында ушырасыў қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди. Шайыр Н. Дәўлетбаев оқыўшыларға әдебий мәсләҳәтлерин берди.

Соңғы жаңалықлар