Бүгинги Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен өткерилген Баспасөз конференциясынан қысқа сораў-жуўапларды усынамыз.
❓Сораў:
- Усы жылдың 17-февраль күни Президент басшылығында видеоселектор жыйналысы өткерилди ҳәм онда 1-марттан барлық бажыхана хызметкерлерин ашық танлаў тийкаринда қабил етиў атап өтилген еди. Бул бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
❗️Жуўап:
Ҳәзир де бул бойынша, яғный Президентимиздың 17-февральда өткизген видеоселетордағы жыйналысы бойынша жоба ислеп шығарылды ҳәм додалаўға берилди.
❓Сораў:
- Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана тараўындағы хызметкерлердиң неше % ҳаял-қызлар үлесине туўры келеди?
❗️Жуўап:
"Бүгинги күнде ҚР бажыхана басқармасында 30 ҳаял-қыз жумыс ислеп, олардың айырымлары бас инспектор ҳәм басшы лаўазынларында ислеп келмекте".
❓Сораў:
- Бизге белгили ҚР белгили бажыхана постларынан бири Даўыт ата пуқаралардың сырт елге кириўи ҳәм шығыўы, жүклердиң мәмлекетке кириўинде әҳмийетли болған постлардан бири. Ҳәзирги ўақытта бул посттағы жағдай қандай?
❗️Жуўап:
Қоңсы мәмлекетлер менен қарым-қатнасты жақсылаў ҳәм экспорт-импорт мәселесине үлкен итабар қаратамыз. Әсиресе, Қазақстанда жүз берип өткен жағдайлары бажыхана постларына зыян жеткизбеўдиң алдын алыўға ҳәрекет еттик. Қазақстан менен 1-апрельден баслап барлық шеклеўлер толық алып тасланады.
Дерек: KRuz.uz
