logo

Арал теңизиниң суўы көбейгени мәлим етилди

Бул ҳаққында Қазақстан экология, геология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлигине тийкарланып, xabar.uz мағлыўмат берди.

Қазақстан экология министрлиги Арал теңизиниң арқа бөлимин сақлап қалыўға қаратылған «Әсир жойбары»ның биринши басқышы жуўмағы бойынша есабат берген.

Онда айтылыўынша, Арқа Арал теңизи бөгети (Көкарал), Айтек имаратлар комплекси, Сырдәрья қорғаў бөгетлери, Қызылорда қаласы, Казалинск гидроузеллери, Шардара ҳәм Арнасай суў базалары бөгетлеринде үлкен көлемдеги қурылыс жумыслары алып барылған.

Нәтийжеде Арал теңизиниң арқа бөлимине ағып түсетуғын суў көлеми көбейди, Аралбойының көплеген биологиялық түрлери тикленди, аўыл хожалығы жерлериниң суўғарылатуғын суў менен тәмийинлениўи жақсыланды, делинеди хабарда.


Сырдәрья өзениниң суў өткериўшеңлиги 350 ден 700 м³/с. қа шекем көтерилген. Арал теңизиниң арқа бөлими географиялық климат пайда етиўши объект сыпатында сақлап қалыныўына ерисилген. Суўғарыў системалары ҳәм көлди суў менен тәмийинлеў көбейген.

Аралбойының Қазақстан бөлиминде биокөптүрлилик тикленгени айтылмақта: жергиликли балық түрлери 
раўажланыўы ҳәм осётр формасындағы балық түрлерин көбейтиў ушын қолай шараятлар жаратылған. Балық аўлаў көлеми 0,4 мың тоннадан 6,0 мың тоннаға көбейген ҳәм енди 11,0 мың тоннаға жеткериў күтилмекте.

«Көлдиң тиклениўи балықшылықты раўажландырыў имканиятын берди. Алдын Арал теңизинде жоғалып кеткен 13 түрдеги балық тикленди, балық аўлаў көлеми 400 килограммнан 7 мың тоннаға көбейди», — делинеди Қазақстан экология министрлиги есабатында.

Қосымша етилиўинше, ҳәзирги ўақытта Қазақстан президенти тапсырмасына бола, «Арал теңизиниң арқа бөлимин қайта тиклеў» екинши басқыш жойбары таярланбақта.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар