Самарқанд мәмлекетлик университетиниң 22 жаслы студенти жатақханасының 9-қабатынан өзин таслап, қайтыс болды. Мәлим болыўынша, усы жылдың 29-март күни саат түнги 02:00 де 1999-жылда туўылған Самарқанд мәмлекетлик университетиниң студенти университет жатақханасының 9-қабатынан өзин таслап жиберген.
Университет проректорларынан бириниң айтыўынша, студент қыз ўақыядан алдын студентлер ямаса оқыўшылар менен жәнжеллеспекен.
Ҳәзирги ўақытта тийисли топар тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
