logo

Нөкисте пуқараны темир жол кәрханасына жумысқа орналастырмақшы болған алдаўшылар усланды

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен өткерилген оператив илажда пуқара А.С. пуқара Д.ны таныслары арқалы 3 000 АҚШ доллары есесине «Қоңырат аймақлық темир жол узели» унитар кәрханасына жумысқа орналастырып бериўди ўәде етип, соннан 1 000 АҚШ долларын алған ўақтында усланып, оның көрсетпеси тийкарында даўам еткен илажда Қоңырат санаат техникумы директоры М.Т. 1 000 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул ҳаққында департаменттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Анықланған жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық) ҳәм 28, 211-статьясы (пара бериў) тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар